Сапар етиў шеңберинде Сирия саўда палаталары федерациясының президенти Омар ал-Али ҳәм бас директоры Муҳаммад Омир ал-Хамиси менен ушырасыў өткерилди.

Сирия саўда палаталары федерациясы мәмлекеттиң барлық аймақларындағы саўда палаталарын бирлестиретуғын ҳәм мәмлекет дәрежесинде жеке меншик сектордың мәплерин сәўлелендиретуғын орайлық шөлкем есапланады. Ҳәзирги ўақытта оның қурамына Дамаск, Алеппо, Хомс, Хама, Латакия ҳәм басқа да ўәлаятлардағы саўда палаталары, мыңлаған жеке меншик компаниялар ҳәм исбилерменлер киреди.

Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Өзбекстан ҳәм Сирия арасында саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, еки мәмлекет исбилерменлери арасында тиккелей исбилерменлик байланысларын жолға қойыў мәселелерин додалады.

Сирия тәрепи узақ ўақыт даўам еткен турақсызлықтан кейин мәмлекет инвестициялар ҳәм санаатты раўажландырыўға тийкарғы әҳмийет қаратып, ашық экономикалық сиясатқа қайтып атырғанын атап өтти.

Сирия базарында Өзбекстан өнимлерине, атап айтқанда, электротехника, қурылыс ҳәм азық-аўқат санааты товарларына қызығыўшылық жоқары екени атап өтилди.

Еслетип өтемиз, усы жылдың 25-ноябрь күни Президент Шавкат Мирзиёев халық депутатлары Самарқанд ўәлаятлық Кеңесиниң гезексиз сессиясында келеси жылдың басынан Саўда-санаат палатасы жанында Ирақта үш, Сирияда еки саўда кеңесгөйи жумыс баслайтуғынын айтқан еди.

Тәреплер еки мәмлекет Саўда-санаат палаталары арасында тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў басламасын қоллап-қуўатлады. Өзбекстан исбилерменлерине келеси жылы Дамаск қаласында өткерилетуғын «Damascus International Fair–63» халықаралық көргизбесинде қатнасыў усыныс етилди.

Сондай-ақ, 2026-жылдың биринши шерегинде Сирияның ири исбилерменлери делегациясының Өзбекстанға сапарын шөлкемлестириў, бизнес-форум ҳәм В2В ушырасыўларын өткериў бойынша келисимге ерисилди.