Еки мәмлекет басшылары
Шавкат Мирзиёев ҳәм Доналд Трамптың сиясий ерк-ықрары себепли Өзбекстан менен
АҚШ арасындағы ашық сөйлесиў ҳәм өз-ара исенимге тийкарланған көп қырлы бирге
ислесиў избе-из раўажланып, еки тәреплеме қатнасықлар стратегиялық шериклик
дәрежесине көтерилгени атап өтилди.
Парламентлераралық сөйлесиў еки мәмлекет арасындағы
қатнасықларды және де беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди. Усы
мәниде, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Парламентлераралық топарының АҚШ
Конгресси менен бирге ислесиўи, сондай-ақ, АҚШ Конгрессиндеги "Өзбекстан
бойынша кокус" жумысы сиясий, экономикалық ҳәм гуманитарлық тараўлардағы
еки тәреплеме байланысларды системалы раўажландырыў, әҳмийетли мәселелерди
парламент дипломатиясы арқалы додалаў ҳәм шешиўдиң нәтийжели механизмлеринен
бирине айланғаны айрықша атап өтилди.
Сөйлесиў ўақтында парламентлераралық байланысларды
буннан былай да избе-из раўажландырыў, парламент комитетлери арасындағы бирге
ислесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, Өзбекстан аймақлары ҳәм АҚШ штатлары арасында
тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары
арасындағы байланысларды раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.
Сөйлесиўде еки тәреплеме саўда-экономикалық ҳәм
инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларына айрықша итибар
қаратылды. Атап айтқанда, санаат ҳәм аўыл хожалығы тараўларында қоспа
жойбарларды әмелге асырыў, өз-ара пайдалы инвестициялық басламаларды
қоллап-қуўатлаў бойынша пикир алысылды.
Сондай-ақ, мийнет қатнасықлары, гендер теңлик,
тәжирийбе алмасыў ҳәм бул бағдарлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша
усыныслар билдирилди.