Өзбекстан ҳәм TBC Bank Group санлы финанслық хызметлерди кеңейтиў мәселелерин додалады

    12 желтоқсан 2025 106

    Өзбекстан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов 11-декабрь күни TBC Bank Group банк топары басшылары менен сөйлесиў өткерди.

    TBC Bank Group Өзбекстанда 2020-жылдан берли жумыс алып бармақта ҳәм бүгинги күнде 5,7 миллионнан аслам айлық актив пайдаланыўшыларға хызмет көрсетип, Орайлық Азиядағы ең ири санлы банк экосистемаларынан бирине айланды.

    Ушырасыўда банк-қаржы тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша кейинги қәдемлер, сондай-ақ, санлы хызметлер, инновациялық шешимлер ҳәм келешек технологияларын раўажландырыў перспективалары додаланды.

    TBC ўәкиллери банктиң өзиниң жасалма интеллект инфраструктурасын қәлиплестириў бойынша - есаплаў қуўатлылықларын арттырыўдан баслап SpeechTech ҳәм LLM технологиялары тийкарында өнимлер ислеп шығыўға шекемги системалы жумысларын айрықша атап өтти.

    Банк топары Өзбекстандағы жумысын буннан былай да кеңейтиў, жаңа жойбарларды баслаў ҳәм регион базарындағы орнын беккемлеўге таяр екенин билдирди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates