Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер телекоммуникациялар тараўындағы бирге ислесиў перспективаларын, соның ишинде, инфраструктураны модернизациялаў, байланыс сапасын ҳәм тараў активлерин басқарыў нәтийжелилигин арттырыў мәселелерин додалады. Өзбекстанда санлы трансформацияны жеделлестириў ушын алдыңғы технологияларды енгизиў ҳәм халықаралық тәжирийбени қолланыўға айрықша итибар қаратылды.
Венгрияның «4iG» компаниясы ўәкиллери мәмлекеттиң IТ-инфраструктурасын раўажландырыў, инновациялық шешимлерди енгизиў, аутсорсингти раўажландырыў ҳәм маман кадрлар таярлаўда белсене қатнасыўға таяр екенин билдирди. «Digital Uzbekistan 2030» улыўма миллий бағдарламасын әмелге асырыў шеңбериндеги шериклик имканиятлары да көрип шығылды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер шериклик қатнасықларын беккемлеў, Өзбекстанның турақлы технологиялық раўажланыўы ҳәм экономикасын санластырыўға қаратылған биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўдан өз-ара мәпдар екенин тастыйықлады.