Форумның экспозициялық зонасында Өзбекстан миллий стенди орын алған. Онда мәмлекетимиздиң инвестициялық потенциалы, транспорт, логистика ҳәм инфраструктура тараўларында әмелге асырылып атырған ҳәм перспективалы жойбарлар, халықаралық бирге ислесиў ушын имканиятлар көрсетилмекте.

Форумда жүз мәмлекеттен 200 ден аслам экспонент компания ҳәм 20 мыңнан аслам қатнасыўшы қатнасты. Оның бағдарламасында стратегиялық конференциялар, техникалық сессиялар, темир жол ҳәм оның менен байланыслы тараўларды раўажландырыўға қаратылған инновациялық шешимлердиң презентациялары өткериледи.

Онда Өзбекстан делегациясының қатнасыўы мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы орнын беккемлеўге хызмет етти. Форум жуўмағында транспорт инфраструктурасын турақлы раўажландырыў, заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм глобал логистика байланысларын кеңейтиў тараўында бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары белгилеп алынды.