Конференцияның биринши сессиясы пүткил күн тәртибине улыўма сиясий ҳәм стратегиялық көринис берди. Тийкарғы итибар регион мәмлекетлериниң жаңаланған миллий дәрежеде анықланатуғын үлеслерин (ТМДҮ) әмелге асырыўға қаратылды. Тийисли мәмлекетлик уйымлардың басшылары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери климатты қорғаў сиясатының тийкарғы бағдарларын, қаржыландырыўға болған ҳәзирги мүтәжликлерди, сондай-ақ, ТМДҮ 3.0 ның орынланыўын күшейтиў имканиятларын додалады.

Конференцияда мәмлекетлик структуралар ҳәм жетекши халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, Орайлық Азия регионаллық экологиялық орайы, NDC Partnership, Жәҳән банки, Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети ўәкиллери қатнасты. Қатнасыўшылар белгиленген мақсетлерге ерисиў ушын ҳәрекетлерди бирлестириў, тәжирийбе алмасыў ҳәм климатлық қаржыландырыўдан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети жанындағы Климат өзгериўи бойынша миллий орай директоры Фаррух Саттаров шығып сөйледи. Ол климат сиясатын басқарыўдың миллий системасында ҳәм ТМДҮ 3.0 ди әмелге асырыўдағы тийкарғы өзгерислерди атап өтти.

Атап айтқанда, Өзбекстанда "жасыл" қаржыландырыў системасы жедел раўажланып атырғаны атап өтилди. Қолайлы инвестициялық орталық жаратыў, халықаралық финанс институтлары менен бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша жумыслар алып барылмақта. "Жасыл" технологияларды енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта. Елимизде қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў, энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм суў ресурсларын турақлы басқарыў бойынша жойбарлар әмелге асырылмақта.

Буннан тысқары, климат күн тәртиби экономиканың тийкарғы тармақлары - аўыл хожалығы, енергетика, транспорт ҳәм санаатқа избе-из интеграцияланбақта. Бундай секторлараралық қатнас комплексли шешимлерге ерисиў ҳәм әмелге асырылып атырған илажлардың синергетикалық нәтийжесин күшейтиў имканиятын береди.

Мониторинг ҳәм есабат системасын жетилистириў әҳмийетли бағдар болып қалмақта. Өзбекстан ыссыхана газлериниң шығарылыўын есапқа алыў ҳәм климат жойбарларының әмелге асырылыўын баҳалаў механизмлерин беккемлемекте. Бул процессти анығырақ бақлаў ҳәм мәмлекетлик сиясатты өз ўақтында өзгертиў имканиятын береди.