Өзбекстанның бул ҳүжжетке қосылыў басламасы Өзбекстан Президенти тәрепинен алға қойылған еди. Дерлик бир жыл даўам еткен таярлық процесслери ҳәм сөйлесиўлерден соң Малайзия басшылығында Куала-Лумпурда болып өткен АСЕАН сыртқы ислер министрлериниң ушырасыўында мәмлекетимиздиң ҳүжжетке қосылыўы мақулланды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Еслетип өтемиз, Қубла-Шығыс Азияда дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамаға 1976-жыл 24-февральда Индонезияның Бали қаласында қол қойылған. Ол АСЕАН регионындағы бирге ислесиўдиң тийкарғы принциплерин белгилеп беретуғын әҳмийетли ҳүжжет сыпатында тән алынған.
Өз гезегинде, АСЕАН регионына 700 миллионға шамалас халық жасайтуғын Қубла-Шығыс Азияның 11 мәмлекети киреди.
Өзбекстанның бул шәртнамаға қосылыўы мәмлекетимиз ушын усы регионда жаңа имканиятлар ашады. Бул тек ғана мәмлекетлер арасындағы «G2G» бирге ислесиўине емес, ал саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды және де жеделлестириўге, ири сырт ел кәрханаларының исенимин беккемлеўге хызмет етеди.