Бул рет Өзбекстан «Voyage Awards 2025» сыйлығының "Жылдың мәдений туризм бағдары" (Culture Destination of the Year) номинациясында жеңимпаз деп табылды.
Бул сыйлық Өзбекстан Республикасы Туризм комитетине мәмлекетимиздиң бай тарийхый-мәдений мийрасы, сырт елли туристлерге Жипек жолының ҳақыйқый орталығын үйрениў имканиятын беретуғын сийрек ушырасатуғын туристлик бағдарлар тән алынғаны белгиси сыпатында тапсырылды.
«Voyage Awards» сыйлығы ҳәр жылы туристлик бағдарлар, мийманхана тармақлары, авиакомпаниялар ҳәм туристлик шөлкемлерди абырайлы халықаралық шөлкемлер, тараў ўәкиллери ҳәм экспертлердиң пикирлери тийкарында баҳалаў тийкарында бериледи.
Өзбекстанның бул номинацияда жеңимпаз деп табылғаны дүнья туристлик жәмийетшилигиниң елимизге, соның ишинде, Самарқанд, Бухара, Хийўа ҳәм басқа да тарийхый қалаларға саяхат етиўге қызығыўшылығы артып атырғанын және бир мәрте тастыйықлайды.
Буннан тысқары, бул сыйлық Өзбекстан Республикасы Туризм комитетиниң халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаў, сырт елли шериклер менен нәтийжели бирге ислесиўди раўажландырыў, сондай-ақ, туризм өнимлеримиздиң дүнья туризм базарындағы бәсекиге шыдамлылығын ҳәм тартымлылығын арттырыў бағдарындағы избе-из жумысларының әмелий нәтийжеси болып есапланады.