Илаж регион мәмлекетлериниң тәбиятты қорғаў уйымлары,
халықаралық шөлкемлер ҳәм шериклерди бирлестирип, Орайлық Азияның бийбаҳа
тәбийғый мийрасын қорғаў бойынша өз-ара келисилген көзқарасларды ислеп шығыў
ушын майданға айланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи, Экология ҳәм
климат өзгериўи бойынша миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимов өзиниң
шығып сөйлеген сөзинде Шавкат Мирзиёев био ҳәртүрлиликти сақлаў тараўындағы
раўажланыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп бергенин атап өтти. Атап айтқанда,
регион мәмлекетлериниң биргеликтеги жумысы ушын әмелий платформа сыпатында "Орайлық
Азия Қызыл китабы"н ислеп шығыў усыныс етилди.
Өзбекстанда "Биологиялық мийрас" миллий жойбары
әмелге асырылып атырғаны, сондай-ақ, Қазақстан менен биргеликте трансшегаралық
аймақларда сайғырдың популяциясын тиклеў илажлары көрилип атырғаны атап өтилди.
Буннан тысқары, Куньминь-Монреаль глобал шеңберлик бағдарламасын әмелге асырыў
шеңберинде 2040-жылға шекем биоҳәртүрлиликти сақлап қалыў бойынша жаңаланған
Миллий стратегия ҳәм Ҳәрекетлер режесин ислеп шығыў жумыслары алып барылмақта.
Сессия даўамында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм экология
институтларының қатнасыўында регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиў зәрүр
екенлиги атап өтилди. БМШтың қоршаған орталық бойынша бағдарламасының атқарыўшы
директоры Ингер Андерсен әҳмийетли экологиялық машқалаларды шешиў ушын
ҳәрекетлерди бирлестириў зәрүрлигин атап өтти.
Тәбиятты қорғаў жумысының трансшегаралық характерине айрықша
итибар қаратылды. Сайғақ, қар барысы, жейран, қулан сыяқлы түрлердиң миграция
бағдарлары бир неше мәмлекетлердиң аймағын қамтып алғаны, бул өз-ара келисилген
ҳәрекетлерди талап ететуғыны атап өтилди. Климаттың өзгериўи, жерлердиң
деградациясы ҳәм антропоген жүктиң артыўы шараятында биргеликтеги илимий
тийкарланған қарарлар тийкарғы роль атқарады.
Сессия шеңберинде миллий стратегиялар ҳәм халықаралық
миннетлемелер, соның ишинде, Биологиялық ҳәр түрлилик ҳаққындағы конвенцияға
тийкарланған "Аймақ турақлылығы ушын тәбият пенен үнлеслик" басламасы
басланғаны жәрияланды.
Ушырасыўдың әмелий нәтийжеси сыпатында Биокөптүрлиликти
сақлаў ҳәм тәбийғый ресурсларды турақлы басқарыў тараўында бирге ислесиў
ҳаққындағы регионаллық декларацияға қол қойылды. Сондай-ақ, қаржыландырыў
механизмлерин ҳәм муўапықластырыўшы жумысшы топарды шөлкемлестириўди нәзерде
тутатуғын аймақлық бағдарлама ҳәм ҳәрекетлер режесин ислеп шығыў басланған.
Регионаллық экологиялық күн тәртибин алға қойыўда Өзбекстан
белсене қатнасып атырғаны атап өтилди. Мәмлекет "Тәбият шегара
билмейди" принципин алға қоймақта, 2032-жылға шекем сүт емизиўшилер
бойынша Орайлық Азия басламасына (CAMI) басшылық етпекте ҳәм халықаралық экологиялық процесслер,
соның ишинде, Самарқандта стратегиялық ҳүжжетлерди қабыл еткен ҳалда СОР14 ҳәм СОР20
конференцияларын өткериўди баслама етпекте.
Гезектеги қәдемлер қатарында ГЭФ-9 қаржыландырыўының жаңа
цикли шеңберинде ири жыртқышларды сақлап қалыў ҳәм таў экосистемаларының
турақлылығын арттырыўға қаратылған биргеликтеги регионаллық бағдарламаны
таярлаў да бар.