Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде заманагөй банк хызметлерин енгизиў, халықаралық тәжирийбе тийкарында банк системасын раўажландырыўға қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде финанслық хызметлердиң қамтып алыўын кеңейтиў ҳәм халықаралық ислам финансы стандартларына муўапық жаңа түрдеги альтернатив банк хызметлерин енгизиў зәрүрлиги пайда болмақта. Соннан келип шығып, бул нызам менен 2 кодекс ҳәм 7 нызамға ислам банк жумысын әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкарларын белгилеп беретуғын жаңа нормалар киргизилмекте.
Атап айтқанда, нызам менен ислам банк жумысын әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын лицензия түри енгизилип, оған қойылатуғын талаплар белгиленбекте. Мәселен, усы лицензия менен банклер ислам банкинги тараўында толық жумыс алып барыўы ямаса бир ўақыттың өзинде ҳәм дәстүрий, ҳәм ислам банк жумысын әмелге асырыўы мүмкин.
Сондай-ақ, ислам финанс жумысы менен байланыслы мәселелерди муўапықластырыў мақсетинде Орайлық банк ҳәм ислам банк жумысын әмелге асырыўшы банклерде Ислам финанс кеңесин шөлкемлестириў ҳәм оның жумысына байланыслы талаплар белгиленбекте.
Буннан тысқары, ислам финанслық операцияларының өзине тән өзгешеликлерин есапқа алып, Салық кодексине ислам финанслық операцияларын салыққа тартыў тәртибин белгилейтуғын өз алдына бап киргизилмекте, оған бола, ислам финанслық жумысынан алынатуғын дәраматлар салыққа тартыў мақсетинде процентли дәраматқа теңлестириледи, банклер ҳәм микроқаржы шөлкемлери тәрепинен қарыйдарға реализацияланатуғын товарларға қосымша қун салығынан азат етиледи.
Сенаторлардың пикиринше, бул нызам халық ҳәм исбилерменлик субектлериниң финанслық хызметлерден пайдаланыў имканиятын кеңейтиўге, мәмлекетте бәсеки орталығын жақсылаўға, сондай-ақ, банк-қаржы тараўына жаңа стратегиялық инвесторлардың кирип келиўине хызмет етеди.
Додалаў жуўмақлары бойынша сенаторлар нызамды мақуллады.