Саўда үйи Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Германия Федеративлик Республикасындағы рәсмий ўәкилханасы сыпатында жумыс алып барады.

Шоу-рум Берлиннин абырайлы районында, Бранденбург дәрўазасы жанында, «Adlon» мийманханасы имаратында жайласқан. Бул жерде Өзбекстанның тоқымашылық, аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты, электротехника ҳәм басқа да тармақлардағы экспорт өнимлери турақлы көрсетип келинбекте.

2-декабрь күни рәсмийлер, бизнес жәмийетшилиги ҳәм ўатанласларымыз қатнасыўында Өзбекстанның экономикалық ҳәм туристлик потенциалын Германияға үгит-нәсиятлаўға бағышланған илаж болып өтти. Өзбекстанның Германиядағы елшиси Д.Аҳатов, Германия киши ҳәм орта бизнес федерациясының басшысы А.Ян, Бундестагтың Экономика ҳәм энергетика комитетиниң ағзасы С.Людвиг, саўда үйиниң директоры Ж.Бакос шығып сөйледи.

Енди Өзбекстанның фирма ҳәм компаниялары Германия ҳәм басқа да немис тиллес мәмлекетлерге өним экспорт етиў, сырт ел инвестицияларын ҳәм заманагөй технологияларды тартыў ушын саўда үйи менен бирге ислесиўи мүмкин болады.

Саўда үйиниң директоры Ж.Бакостың атап өтиўинше, «UZ Trade House Germany» Өзбекстан ҳәм Германия компаниялары арасында көпир ўазыйпасын атқарып, Германия базарында «Made in Uzbekistan» бренди астындағы өнимлерди алға қойыў ҳәм еки мәмлекет арасындағы исбилерменлик бирге ислесиўин беккемлеўге хызмет етпекте.