Ушырасыўда тәреплер Россия Федерациясы аймағында мийнет етип атырған Өзбекстан Республикасы пуқараларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўдың әҳмийетли мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады.

Өзбекстан тәрепинен додалаўда Өзбекстан Республикасының Россия Федерациясы аймақларындағы бас консуллары қатнасты, бул орынлардағы әмелий тәжирийбени есапқа алған ҳалда белгиленген мәселелерди ҳәр тәреплеме көрип шығыў имканиятын берди. Россия тәрепинен дипломатиялық ўәкилхананың консуллық бөлими басшылары, миграция мәселелери бойынша жуўапкер хызметкерлер, сондай-ақ, ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан тәрепи миграциялық тексериўлер ҳәм рейд илажларын өткериў процесинде Өзбекстан Республикасы пуқараларының, соның ишинде, нызамға бойсыныўшы шахслардың да, миграция нызамшылығының бузылыўына жол қойған пуқаралардың да ҳуқықлары ҳәм инсан қәдирин ҳәр қандай түрде кемситиўге жол қоймаў принципиаллық әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.

Ушырасыў миграция процесслерин тәртипке салыў ҳәм Өзбекстан Республикасы пуқараларының Россия Федерациясында нызамлы мийнет етиўи ушын қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған прагматикалық ҳәм өз-ара ҳүрметли сөйлесиўди раўажландырыўға тәреплердиң умтылысы исенимли екенин тастыйықлады.

Әмелий бирге ислесиўди турақлы жетилистириў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў ушын турақлы консуллық мәсләҳәтлесиўлер ҳәм еки тәреплеме ушырасыўлардың зәрүр екенлиги тастыйықланды.