Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң мағлыўматларына бола, соннан 822 мың шаңарақ социаллық реестрге киргизилген, және 290 мыңнан асламы "мәҳәлле жетилиги" арқалы қосымша анықланған.
Қосымша дизимге төмендеги шаңарақ категориялары киргизилди:
Бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлар - 33,8 мың;
майыплығы болған ағзалары бар шаңарақлар - 76,3 мың;
аўыр наўқаслар жасайтуғын шаңарақлар - 23,7 мың;
жалғыз баслы кекселер - 7 мың;
газ тармағына жалғанбаған шаңарақлар - 2 мың;
бир үйде үштен аслам шаңарақ жасайтуғын шаңарақлар - 26,2 мың;
Бағыўшысы мийнет миграциясында болған шаңарақлар - 34,7 мың;
ўақтынша жумыссызлар - 15,1 мың;
тек ғана пенсия менен жасайтуғын шаңарақлар - 69,7 мың;
жалғыз жасайтуғын шахслар - 2,3 мың.
Мағлыўмат ушын, өткен жылы 120 мың шаңараққа 270 мың сумнан жәрдем көрсетилген. Усы жылы қоллап-қуўатлаў муғдары 2,5 есеге арттырылды.
Бул бағдарлама шеңберинде Мәмлекетлик бюджеттен 1,2 триллион сум ажыратылыўы режелестирилген.