Илажлар Хожели ҳәм Тахтакөпир районларының туризм потенциалын раўажландырыў, аймақтың мәдений мийрас объектлерин ғалаба ен жайдырыўға қаратылған.

Үш күнлик бағдарлама шеңберинде сырт елли экспертлер ҳәм университет профессор-оқытыўшылары тәрепинен халықаралық тренинглер өткериледи. Тахтакөпир районындағы "Қаратерең" этнотуризм комплексинде миллий тағамлар таңлаўы ҳәм концерт бағдарламасы болып өтеди. Хожели районында миллий кийимлер көргизбеси ҳәм концерт болып өтеди.

Сондай-ақ, әййемги Миздахқан естелиги ҳәм Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхатлар шөлкемлестирилген.