Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң 2024-жыл 7-февральдағы 135-санлы қарарына тийкарланып, әдираспан қурамында нәшебентлик ямаса психотроп затлар бар өсимликлер дизимине киргизилген ҳәм Россия аймағында қатаң қадағалаўға алынады.
Дипломатиялық ўәкилханада атап өтилгениндей, Россия Федерациясы аймағында әдираспанды алып кириў, сақлаў, тарқатыў ямаса оннан пайдаланыў нызамшылықты бузыў сыпатында баҳаланады ҳәм Россия Федерациясы Жынаят кодексиниң 229.1-статьясына муўапық жынайый жуўапкершиликке себеп болады.
Пуқаралардан әмелдеги нызамшылыққа әмел етиў, Россия аймағына әдираспан алып кириў ҳәм айланысын тоқтатыў соралмақта. Нызам талапларын бузыў нәзерде тутылған санкциялар менен қәўип туўдырады.