Бурын хабар етилгениндей, форумды өткериў басламасы мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2025-жыл 4-апрельде Самарқандта болып өткен "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммитинде алға қойылған еди.
Халықаралық сөйлесиўде Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан парламентлериниң ўәкиллери, Европа парламенти депутатлары, сондай-ақ, экспертлер, халықаралық шөлкемлер, пуқаралық жәмийети институтлары, академиялық ҳәм исбилермен топарлардың ўәкиллери қатнаспақта.
Форум шеңберинде заманагөй сиясий сөйлесиўдиң жағдайы ҳәм оның келешектеги перспективалары, "жасыл" трансформация, экономикалық өз-ара байланыслылық, санлы мәканда қәўипсизлик, инклюзив басқарыў ҳәм парламент дипломатиясының бүгинги әҳмийети сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша әҳмийетли сессиялар болып өтеди.