Ушырасыўда ЮНФПАның демографиялық сиясат, репродуктивлик саламатлық ҳәм гендер теңлик тараўындағы әмелий жәрдеминиң әҳмийети, сондай-ақ, БМШ системасындағы исенимли шерик сыпатындағы орны атап өтилди.
Мәмлекетимизде биринши рет халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўда халықаралық экспертлердиң қатнасыўы ҳәм Фонд тәрепинен көрсетилип атырған методикалық жәрдемниң әҳмийети атап өтилди.
Тәреплер 2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы шеңберинде нызамшылық басламаларын ислеп шығыў, онлайн ҳәм гендер зорлыққа қарсы гүресиў, миллий изертлеўлер өткериў ҳәм шаңараққа бағдарланған сиясатты раўажландырыў сыяқлы тараўларда бирге ислесиўди және де тереңлестириўге таяр екенин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер стратегиялық шерикликти беккемлеў ҳәм халықтың турмыс сапасын арттырыўға қаратылған қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды избе-из әмелге асырыўдан мәпдар екени атап өтилди.