Гидрометеорология хызметиниң мағлыўматларына бола, аймақта күндизги ўақытларда ҳаўаның температурасы 42-44 °С қа шекем, айырым аймақларда болса буннан да жоқары болмақта. Бундай шараятта асфальтобетон қапламасының температурасы 70-80 °С қа шекем көтерилиўи мүмкин, бул болса оның беккемлиги ҳәм турақлылығының төменлеўине алып келеди.

Нәтийжеде аўыр транспорт тәсиринде жолларда жол излери, деформациялар ҳәм басқа да жол қапламасының зыянланыўы жүзеге келиўи мүмкин.

Мәмлекетлик бюджет ҳәм халықаралық финанс институтларының қаржылары есабынан қурылған ҳәм оңланған автомобиль жолларын сақлап қалыў мақсетинде Өзбекстан Республикасының "Жол ҳәрекети ҳаққында"ғы Нызамының 15, 23-статьялары ҳәм "Автомобиль жоллары ҳаққында"ғы Нызамның 16-статьясы талаплары тийкарында аўыр жүк тасыўшы автомобиллердиң ҳәрекетлениўине ўақытша шеклеў киргизилмекте.

Термиз қаласын район орайлары менен байланыстыратуғын улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында шеклеўлер ҳәр күни саат 10:00 ден 19:00 ге шекем әмел етеди.

Автотранспорт басқарыўшылары, сондай-ақ, жүк тасыўшы кәрхана ҳәм шөлкемлерден белгиленген тәртипке әмел етиў, жүклерди жеткерип бериў жөнелислери ҳәм ўақтын алдыннан режелестириў соралады.

Көрилген илажлар транспорт инфраструктурасын сақлаў, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм автомобиль жолларынан пайдаланыў мүддетин арттырыўға қаратылған.