Форумның ашылыўында шығып сөйлеген Сенат Баслығы Танзила Нарбаева балалардың ҳуқықларын тәмийинлеў, оларды ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәр қандай жәмийеттиң турақлы раўажланыўының тийкары екенин атап өтти.

Кейинги жыллары Өзбекстанда балалар ҳуқықларын қорғаў тараўында беккем нызамшылық базасы жаратылды. "Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында"ғы, "Билимлендириў ҳаққында"ғы, сондай-ақ, регионымызда бирден-бир болған "Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында"ғы нызамлар қабыл етилди.

Парламентте Балалар ҳуқықлары бойынша ўәкилдиң бийғәрез институты жумыс алып бармақта, ол ҳәр жылы балалардың жағдайы ҳәм нызамшылықтың жағдайы ҳаққында есабат береди.

Кең көлемли институционаллық реформалар әмелге асырылмақта. Социаллық қорғаў агентлиги шөлкемлестирилди, бала ҳуқықлары бойынша аймақлық ўәкиллердиң жумысы жолға қойылды, орынларда Бас министр ҳәм ҳәкимлердиң басшылығында балалар мәселелери бойынша комиссиялар жумыс ислемекте.

Атап өтилгениндей, мәмлекетлеримиздиң келешеги балалардың ҳуқықларын қаншелли нәтийжели қорғай алыўымыз, олардың толық тәрбияланыўы, билим алыўы ҳәм саламат болыўы ушын шараят жарата алыўымызға тиккелей байланыслы. Соның ушын форум шеңберинде тек ғана миллий тәжирийбе емес, ал биргеликтеги баслама ҳәм ҳәрекетлер додаланып атырғаны айрықша әҳмийетке ийе.

Сенат Баслығы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары бирге ислесиў ушын нәтийжели платформаға айланғанын атап өтти. Бул процесс тийкарында Парламентлераралық форум, Жетекшы ҳаял-қызлар ҳәм Жаслар қарым-қатнасы, сондай-ақ, әҳмийетли регионаллық ўазыйпаларды шешиўге қаратылған бир қатар структуралар шөлкемлестирилгени атап өтилди. Усы мәниде, Бала ҳуқықлары бойынша ўәкиллердиң регионаллық платформасының жаратылғаны әҳмийетли қәдем сыпатында атап өтилди.

Форумның тийкарғы мақсети Орайлық Азия мәмлекетлери балалар омбудсманларының сөйлесиўи ҳәм бирге ислесиўи ушын нәтийжели регионаллық платформаны жаратыўдан ибарат.

Бул платформа бала ҳуқықларын қорғаў тараўында конструктивлик тәжирийбе алмасыў, улыўма машқалаларды нәтийжели шешиў, регионаллық ҳәм трансмиллий қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде бирден-бир көзқарасларды ислеп шығыў, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлери балалар омбудсманлары институтларының потенциалын буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

Форум күн тәртибинен региондағы балалар менен байланыслы жағдай бойынша миллий мониторинг өткериў, балалардың Интернет мәканындағы қәўипсизлигин тәмийинлеў, балаларға зорлықтың барлық түрлериниң алдын алыўға қаратылған нәтийжели механизмлерди жаратыў, сондай-ақ, балалардың әдил судлаўға ерисиўин тәмийинлеў сыяқлы мәселелер орын алған.