Ташкентте Сырт ел инвесторлары кеңесиниң 5-аралық сессиясы болып өтти

    19 қараша 2025 499

    Ташкент қаласында 19-ноябрь күни Сырт ел инвесторлары кеңесиниң 5-аралық сессиясы болып өтти, онда инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов қатнасты.

    Илаж оның басшылығында ҳәм ЕТРБның Орайлық Азия бойынша басқарыўшы директоры Анди Аранитаси модераторлығында өтти.

    Сессия халықаралық компаниялар, қаржы институтлары ҳәм мәмлекетлик уйымлардың басшыларын бирлестирди. Ушырасыўда тосқынлықларды сапластырыў, уйымлараралық муўапықласыўды арттырыў ҳәм 2026-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарларды белгилеў мәселелери додаланды.

    Кеңестиң сегиз Жумысшы топары тәрепинен 40 тан аслам баслама, соның ишинде, корпоративлик нызамшылықты жаңалаў, жуўапкершиликли исбилерменлик стандартларын енгизиў ҳәм капитал тартыў механизмлерин раўажландырыў бойынша әмелге асырылған жумысларға айрықша итибар қаратылды.

    Инвесторлар энергетикада салық ҳәкимшилиги, жер ажыратыў ҳәм режелестириў бойынша усынысларын билдирди. Додалаўлар жуўмағында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўды жеделлестириўге қаратылған гезектеги қәдемлер келисип алынды.

    Жасалма интеллект, ESG көзқараслар, инсан капиталы, креатив экономика ҳәм регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўды қамтып алған 2026-жылға мөлшерленген стратегиялық бағдарлар пакети тастыйықланды.

    Ерисилген келисимлер протокол менен рәсмийлестириледи ҳәм Кеңестиң гезектеги жалпы мәжилисине шекем Ҳәрекетлер режесине тийкар болады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates