Ташкентте Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы парламентлери басшыларының үшинши мәжилиси болып өтеди

    Усы жылдың 15-17-декабрь күнлери Ташкент қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы парламентлери басшыларының үшинши мәжилиси болып өтеди.

    Илажды өткериўден тийкарғы мақсет - Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы арасында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеўге жәрдемлесиў, парламентлераралық сөйлесиўди тереңлестириў ҳәм бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўдан ибарат.

    "Инсан қәдири, социаллық әдиллик ҳәм қоршаған орталықты қорғаў жолындағы бирге ислесиў" темасындағы үшинши мәжилистиң жалпы мәжилиси Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы арасында жақын келешектеги регионаллық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларына бағышланды.

    "Экономикалық бирге ислесиў, санлы трансформация ҳәм санаат: регион мәмлекетлериниң раўажланыў жоллары" ҳәм "Турақлы раўажланыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў: регион мәмлекетлериниң гүллеп-раўажланыўы жоллары" ҳәм "Турақлы раўажланыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў: экологиялық басламалардың әмелге асырылыўын тәмийинлеўде парламентлердиң роли" темасындағы халықаралық илимий-әмелий конференцияларда қатнасты.

    Парламентлераралық комиссиялар ҳәм дослық топарлары ағзаларының қатнасыўында өткерилетуғын ушырасыўларда нызамшылық тараўындағы алдынғы тәжирийбелерди үйрениў мақсетинде илимий топарлардың ўәкиллери менен де пикирлесиўлер шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.

    Мәжилис жуўмағында Биргеликтеги декларацияны қабыл етиў нәзерде тутылмақта.

    Бул форматтағы биринши ушырасыў 2023-жыл 19-сентябрь күни Сеул қаласында, екиншиси 2024-жыл 14-октябрь күни Ашхабад қаласында болып өткен еди.



    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates