FNEBTP Тунис санаат, саўда ҳәм өнерментшилик аўқамы (UTICA) қурамына кириўши Тунис қурылыс ҳәм жол қурылысы компанияларының мәплерин сәўлелендиретуғын ири профессионал шөлкем есапланады. 2015-жылы UTICA миллий қарым-қатнасқа қосқан үлеси ушын Нобел тынышлық сыйлығын алды.

Сөйлесиўлерде Өзбекстанның инвестициялық потенциалы, жаратылған қолайлы исбилерменлик орталығы, сырт ел инвесторларына берилип атырған жеңилликлер ҳаққында мағлыўмат берилди. Санаатты модернизациялаў ҳәм инфраструктураны раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары да додаланды.

Тунис тәрепи туризм, денсаўлықты сақлаў ҳәм цемент ислеп шығарыў тараўларында бирге ислесиўге қызығыўшылық билдирди. Биргеликтеги жойбарлар ҳәм инвестициялық шерикликти кеңейтиў бойынша усыныслар алмасылды.

Сондай-ақ, Тунисте Өзбекстан ҳәм Арқа Африка мәмлекетлери - Алжир, Ливия ҳәм Марокаш қатнасыўында бизнес-форум өткериўге келисип алынды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер анық жойбарлар бойынша жумысшы байланысларды жолға қойыў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди басқышпа-басқыш кеңейтиўге келисип алды.