2026-2027-жылларда Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан жасалма интеллект технологияларына тийкарланған жойбарларды, соның ишинде, социаллық тараў ҳәм экономика тармақларындағы стартап жойбарларды қаржыландырыў ушын 100 миллион доллар муғдарында қосымша қаржылар ажыратылады, атап айтқанда:
50 миллион доллар - мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысына АИ технологияларын енгизиў ушын бийғәрез түрде ажыратылады. Онда, социаллық әҳмийетке ийе жойбарларға үстинлик бериледи;
50 миллион доллар - бул қаржылар Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының үлеси сыпатында «Фонд фондов» ҳәм «IT Park Ventures» венчур қорларының устав капиталына тең үлеслерде киргизиў арқалы АИ технологияларына тийкарланған жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын ажыратылады.
Бул қаржылар "Санлы Өзбекстан - 2030" стратегиясын әмелге асырыўды муўапықластырыўшы комиссия тәрепинен бөлистириледи.
Онда, тармақлар ҳәм аймақлар кесиминде қаржыларды бөлистириўдиң жыллық сметасы, соның ишинде, жойбарлар кесиминде қаржыландырыў көлемлери Муўапықластырыў комиссиясы тәрепинен белгиленеди.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер 2025-жыл 1-декабрьге шекем өз жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша усынысларды Муўапықластырыў комиссиясының жумысшы уйымына киргизсин.
Жойбарларды қаржыландырыў:
- Президенттиң 2025-жыл 22-октябрьдеги ПП-189-санлы Пәрманы тийкарында қәлиплестирилетуғын Реестрге киргизилген исбилерменлик субъектлери менен дүзилетуғын шәртнамалар;
Муўапықластырыў комиссиясы тәрепинен белгиленген талаплар ҳәм нормаларға муўапық болған қатнасыўшылар арасында өткерилетуғын ашық таңлаў нәтийжелери - Реестрге киргизилмеген жаңа жойбарлар бойынша.
Мәлимлеме системасы ҳәм ресурсларының техникалық ҳүжжетлерин экспертизадан өткериў, бурынғысынан басқаша тәризде, барлық экспертиза уйымларында бир ўақыттың өзинде 15 күнлик мүддетте әмелге асырылады.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 31.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».









