Реже ишки ислер уйымларының патруль-пост хызмети сап бөлимлери хызметкерлери тәрепинен жәмиетлик орынларда пуқаралардың шахсын электрон техникалық қураллар, соның ишинде, планшеттен пайдаланған ҳалда анықлаў тәртибин белгилейди.

Хызметкерлер пуқараларды шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер ямаса "Е-патруль" системасы арқалы төмендеги жағдайларда иркип, шахсын анықлаўы мүмкин:

шахсты жынаят ямаса ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислеген ямаса излеўде деп есаплаў ушын тийкарлар бар болса;

егер шахстың жүз берген жынаят ямаса ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы мағлыўматларға ийе деп болжаў мүмкин болса;

шахсты услап турыў ушын нызамға муўапық басқа да нызамлы тийкарлар бар болғанда.

Хызметкер шахсқа оны тоқтатыў себеплери ҳәм тийкарларын, шахсты анықлаў ҳаққындағы талабын түсиндириўи шәрт.

Патруль-пост хызмети хызметкери планшет арқалы пуқаралардың жеке мағлыўматларын "Е-патруль" системасына дурыс киргизиўге жуўапкер болады.

Хызметкер "Е-патруль" системасындағы шахсқа байланыслы мағлыўматларды үшинши шахсларға жәрия етиўи, сондай-ақ, бул мағлыўматлардан ғәрезли мақсетлерде пайдаланғаны ушын жуўапкер болады.