Киргизилген қосымшаларға бола, муўапықлықты баҳалаў қағыйдаларының бузылыўы ақыбетинде пуқараның өмирине ямаса денсаўлығына зыян жеткерилген жағдайда муўапықлықты баҳалаў уйымы жеткерилген зыянның орнын қаплаўда товарды (жумысты, хызметти) сатыўшы, таярлаўшы (атқарыўшы) менен биргеликте жуўапкер болады.
Стандартлардың мәжбүрий талапларына муўапық болмаған өнимниң кеминде жетпис процентин нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте шақырып алған юридикалық тәреплер белгиленген финанслық санкциялардан азат етиледи.
Сондай-ақ, техникалық регламентлер талапларына муўапық болмаған өнимлердиң кеминде жетпис процентин нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте шақырып алған ислеп шығарыўшы, ислеп шығарыўшының ўәкилликли ўәкили, сатыўшы ямаса импорт етиўши белгиленген финанслық санкциялардан азат етиледи.
Муўапықлықты баҳалаў қағыйдаларын бузған муўапықлықты баҳалаў уйымы ҳәм оның лаўазымлы шахслары нызамға, сондай-ақ сертификатластырыў бойынша хызметлер көрсетиў ҳаққындағы шәртнамаға муўапық жуўапкер болады.