Пәрманға муўапық, Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы негизинде Өзбекстан Аўыл хожалығы илимлери академиясы (Академия) шөлкемлестириледи.

Академия аўыл хожалығы тараўындағы фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлер бағдарларын, узақ ҳәм қысқа мүддетли бағдарламаларды белгилейтуғын ҳәм муўапықластыратуғын, сондай-ақ, агросанаат комплексин илимий раўажландырыўды әмелге асыратуғын мәмлекетлик илимий мәкеме болып есапланады.

Аўыл хожалығы ҳәм жер қатнасықлары тараўындағы реформаларды әмелге асырыў шеңберинде ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары Аўыл хожалығы министрлиги менен келисиў процесинде Академияда мәжбүрий түрде илимий экспертизадан өткериледи.

Академияда төмендеги атақларды бериў тәртиби енгизиледи:

жас академик;

Академия профессоры;

Академияның корреспондент ағзасы;

Академияның ҳақыйқый ағзасы (академик);

Академияның сырт елли ағзалары.