Киргизилген қосымшаларға бола, билимлендириў шөлкемлеринде мийнет шәртнамасы тийкарында тәлим-тәрбия тараўында кәсиплик жумысты әмелге асырып атырған педагоглар ушын төмендеги мәмлекетлик хызметлердиң баҳасы олардың улыўма баҳасының 50 процентин қурайды:

көшпес мүлк объектлериниң мәмлекетлик кадастры тараўында;

инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныў бойынша;

улыўма билим бериў пәнлерин билиў дәрежесин анықлаў ҳәм сертификат бериў бойынша;

тракторшы-машинист гүўалығын алыў ушын имтихан тапсырыўға рухсатнама бериў бойынша;

рәсмий ҳүжжетлерге апостил қойыў ҳәм басқалар.

Соның менен бирге, киргизилген қосымшаларға бола, қәнигелестирилген мектеплер ҳәм мектеп-интернатлардың директорлары ҳәм директор орынбасарлары ҳәр 5 жылда бир мәрте Мәденият министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилетуғын менеджмент бойынша қәнигелигин арттырыў курсларында өндиристен ажыратылған ҳалда оқыўы белгиленбекте.

Буннан тысқары, қәнигелестирилген мектеп ҳәм мектеп-интернат оқыўшыларын оқыўдан шығарыў, оларды басқа бағдарларға ямаса басқа билимлендириў мәкемелерине көшириў тәртиби белгиленди.