Өзбекстанда Орайлық Азиядағы ең ири қуяш электр станциялары қурылады: АРБ ҳәм бирге ислесиўшилер келисимге қол қойды

    29 қазан 2025 439

    Азия раўажланыў банки ACWA Power, Sumitomo Corporation, Chubu Electric Power Co. Inc. ҳәм Shikoku Electric Power Co. Inc. Өзбекстанда энергия сақлаў системаларына (BESS) ийе еки қуяш электр станциясын қурыўды қаржыландырыў бойынша тарийхый келисимге қол қойды.

    Самарқанд ҳәм Бухара ўәлаятларында "Самарқанд 1" ҳәм "Самарқанд 2 Solar PV және BESS жойбарлары әмелге асырылады. Бул тек ғана Өзбекстанда емес, ал пүткил Орайлық Азияда қайта тиклениўши энергетика тараўындағы ең ири ҳәм заманагөй жойбарлардан бири болады.

    Бул станцияның қурылысы жуўмақланғаннан соң, 600 мыңға шамалас шаңарақты таза электр энергиясы менен тәмийинлеў мүмкин болады. Қуяш панеллериниң улыўма қуўатлылығы 1 мың мегаватт, энергия сақлаў системаларының қуўатлылығы дерлик 1 мың 336 мегаватт-саатты қурайды. Жойбардың әмелге асырылыўы ҳәр жылы карбонат ангидрид шығарылыўын шама менен 1,3 миллион тоннаға қысқартыў имканиятын береди, бул болса Өзбекстанның климат өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм "жасыл" экономикаға өтиўге қосқан әҳмийетли үлеси болады. Жойбар шеңберинде, сондай-ақ, энергетика системасының турақлылығы ҳәм исенимлилигин арттырыў мақсетинде жаңа электр узатыў тармақлары ҳәм еки подстанция қурылады.

    АРБ тәрепинен 140 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы пакети шөлкемлестирилди, соннан 70 миллионы өз қаржылары, 10 миллионы банк басқаратуғын Азия жеке меншик инфраструктураны раўажландырыў қоры (LEAP 2) ҳәм 60 миллионы АРБ тийкарғы кредитор болған синдикатластырылған кредитлер сыпатында ажыратылды. Буннан тысқары, банк тәрепинен тарифлерди төлеў миннетлемесин тәмийинлейтуғын ҳәм жойбардың инвестициялық тартымлылығын арттыратуғын 85 миллион долларға шекем кредит кепилликлери бериледи. Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен қоллап-қуўатланған бул кепилликлер 1,2 миллиард доллардан аслам жеке меншик ҳәм шериклик капиталын тартыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.

    АРБ президенти Масато Канда бул жойбар Орайлық Азияда қайта тиклениўши энергетика тараўындағы ең әҳмийетли жойбарлардан бири екенин атап өтти. Оның сөзлерине бола, қуяш ҳәм аккумулятор станциялары шериклик ҳәм инновациялардың күшин көрсетеди, шығындыларды азайтыў менен бирге исенимли, арзан ҳәм турақлы энергия менен тәмийинлейди, сондай-ақ, регионның таза энергетикаға өтиўи ушын әҳмийетли үлги жаратады.

    Қаржыландырыў консорциумына Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Ислам раўажланыў банки ҳәм Япония халықаралық бирге ислесиў банки кирди. Япония экспорт ҳәм инвестиция операцияларын қамсызландырыў агентлиги (NEXI) қамсызландырыўы астында қатнасыўшы коммерциялық банклерге Standard Chartered Bank, The Norinchukin Bank, Sumitomo Mitsui Banking Corporation и KfW IPEX-Bank GmbH киреди.

    LEAP 2 - Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) тәрепинен 1,5 миллиард АҚШ доллары муғдарындағы миннетлемелерге ийе, Азия раўажланыў банки тәрепинен басқарылатуғын қор. Ол шығындыларды қысқартыў, энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм раўажланып атырған мәмлекетлердеги тийкарғы хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған жеке меншик сектордың турақлы инфраструктуралық жойбарларын қоллап-қуўатлайды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates