Ҳүжжет зәрүр товарлардың қамтып алыныўын кеңейтиў, тийкарғы тармақлардың раўажланыўын хошаметлеў, заманагөй технологияларды енгизиў ушын, соның ишинде, "жасыл" экономика ҳәм шығындыларды қайта ислеў тараўында қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған.

Бажыхана жеңилликлери

2026-жыл 1-январьдан баслап тастыйықланған дизимлер тийкарында импорт етилетуғын айырым түрдеги товарлар бажыхана бажыларынан азат етиледи.

2028-жыл 1-январьға шекем ноллик ставка төмендегилерге қолланылады:

сервис инфраструктурасын раўажландырыў ушын электромобиллерди зарядлаў станциялары, олардың комплектлеўши бөлеклери ҳәм технологиялық үскенелер;

- жипекти қайта ислеў ҳәм тоқыў үскенелери ушын аўысық бөлеклер, тут туқымы ҳәм нәллери, сондай-ақ, тут қуртының элита ҳәм санаат туқымлары ушын.

2031-жыл 1-январьға шекем төмендегилер бажыхана бажыларынан азат етиледи:

республикада ислеп шығарылмайтуғын ҳәм турмыслық, қурылыс ҳәм медицина шығындыларын утилизациялаў тараўында, сондай-ақ, биологиялық тарқалыўшы полимер материалларды қайта ислеўде пайдаланылатуғын арнаўлы техника, үскенелер, комплектлеўши бөлеклер, шийки зат ҳәм материаллар.

Салық жеңилликлери

2026-жыл 1-январьдан 2031-жыл 1-январьға шекем "Шығынды полигонларын басқарыў дирекциясы" мәмлекетлик мәкемеси ҳәм белгиленген талапларға жуўап беретуғын салық төлеўшилер ушын пайда салығы (дивидендлер менен бирге) ҳәм социаллық салық 1 процент муғдарында белгиленеди.

Жеңилликлер төмендеги шәртлерге әмел етилгенде бериледи:

дәраматлардың кеминде 90 проценти шығындыларды жыйнаў, алып шығыў, сайлап алыў ҳәм қайта ислеў жумыслары есабынан қәлиплеседи;

хызметкерлердиң орташа айлық мийнет ҳақысы мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының кеминде еки есесин қурайды.

Көрилген илажлар экономиканы турақлы раўажландырыў, инфраструктураны модернизациялаў, қайта ислеў қуўатлықларын кеңейтиў, социаллық ҳәм экологиялық әҳмийетке ийе тараўларда бизнес ушын жеңилликлер жаратыўға қаратылған.