Қусларды бақлаў мийдиң искерлигин сақлаўға ҳәм жас өзгерислерин пәсейтиўге жәрдем бериўи мүмкин. Канада алымлары тәжирийбели ҳәўескер-орнитологларда мийдиң айырым бөлимлериниң дүзилиси бундай ҳәўеске ийе болмаған адамлардың мийиниң дүзилисинен өзгеше екенлигин анықлап, усындай жуўмаққа келди. The Journal of Neuroscience (JN) журналында басып шығарылған.

Изертлеўде қәнигелер тәжирийбели 29 бақлаўшы ҳәм 29 жаңа бақлаўшыны салыстырып көрди. Қатнасыўшылар МРТ-сканерлеўден өткерилди ҳәм үйрениў ўақтында олар ҳәр қыйлы қуслардың сүўретлерин таныўы керек еди. Таллаўлар соны көрсетеди, қусларды бақлаў бойынша үлкен тәжирийбеге ийе болған адамлардың дыққат ҳәм көриў сезими ушын жуўапкер болған бөлимлериндеги мий тоқымалары қурамалырақ ҳәм тығызрақ болады.

Әсиресе, қатнасыўшыларға таныс емес қуслардың сүўретлери көрсетилгенде бул тараўлар жумысқа жедел киргизилди. Илимпазлардың атап өтиўинше, бундай өзгерислер нейропластика - мийдиң оқыў ҳәм жаңа көнликпелер тәсиринде қайта қәлиплесиў қәбилети менен байланыслы болыўы мүмкин. Мине усы қәбилет жастағы ақыл-ой функцияларының төменлеўин пәсейтиўге жәрдем бериўи мүмкин болған факторлардан бири есапланады.

Изертлеўшилер тәжирийбели бақлаўшылардың бас мийинде жас өзгерислери әстерек жүз бериўи мүмкин екенлигиниң айрықша белгилерин де байқаған. Бирақ, илимпазлардың атап өтиўинше, жумыс себепли байланысты дәлиллемейди: бәлким, мийдиң белгили бир өзгешеликлерине ийе адамлар дәслеп бундай жумысларды көбирек таңлаўы мүмкин.

Соған қарамастан, нәтийжелер басқа да изертлеўлер менен сәйкес келеди, олардың көрсетиўинше, қыйын интеллектуаллық ҳәўеслер, мәселен, тил үйрениў, музыка әсбапларын шертиў ямаса көркем дөретиўшилик жас өткен сайын ақыл-ой функцияларын қоллап-қуўатлаўы мүмкин, деп жазбақта lenta.ru.