Реформалардың тийкарғы бағдарлары:

айрықша жағдайлардың ерте алдын алыў ҳәм олардың ақыбетлерин азайтыў бойынша жумысларды мәҳәлле дәрежесинде енгизиў;

энергетика, ири өндирис, қурылыс ҳәм хызмет көрсетиў объектлеринде айрықша жағдайлардың алдын алыў, қәўип-қәтерлерди басқарыў ҳәм техноген аварияларды өз ўақтында сапластырыў бойынша жаңа стандартлар ҳәм методикаларды енгизиў;

мәмлекетлик қадағалаў талаплары ҳәм нормаларын қайта көрип шығыў;

АИ, робототехника ҳәм заманагөй санлы технологияларды кеңнен енгизиў, бул жағдайлардың алдын алыўға жуўапкер уйымлардың мәлимлеме системаларын бирден-бир технологиялық платформаға бирлестириў;

айрықша жағдайлар уйымларының барлық буўынларының кадрлары ҳәм басшыларын мақсетли таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша дуал билимлендириўге тийкарланған бир пүтин ҳәм үзликсиз оқытыў системасын жаратыў;

айрықша жағдайларды мониторинг етиў ҳәм прогнозластырыў, сондай-ақ, халық ҳәм аймақларды тәбийғый апатшылықлар, техноген авариялар ҳәм өртлер қәўпинен қорғаў тараўында мәнзилли илимий-инновациялық ҳәм тәжирийбе-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў.

Тараўды басқарыўда бир-бирин тәкирарлаўшы функцияларды қысқартыў мақсетинде Гидрометеорологиялық процесслерге тәсирлерди басқарыў хызметин Айрықша жағдайлар министрлиги структурасынан Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Гидрометеорология хызмети агентлигине өткериў белгиленди.

Сондай-ақ, Айрықша жағдайлар министрлигиниң киши көлемли кемелерди дизимнен өткериў (есаптан шығарыў), қайта дизимнен өткериў, кемелерге билет, борт номери, кемелердиң айдаўшысы гүўалығын (дубликатын) бериў, кемелерди дәслепки ҳәм жыллық (қайта) техникалық көриктен өткериў ўәкилликлери Транспорт министрлиги жанындағы Транспорт тараўында қадағалаў инспекциясына өткерилмекте.

2025-жыл 1-ноябрьден баслап өрт қәўипсизлиги талапларын бузғаны ушын қолланылатуғын жәриймалардың 100 проценти Айрықша жағдайлар министрлигиниң бюджеттен тысқары қорына қаратылады.

Ҳүжжет пенен:

Халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў системасын раўажландырыў концепциясы.

2025-2027-жылларда айрықша жағдайлардан қорғаў тараўын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы.

Бағдарламаны әмелге асырыў бойынша жумысшы комиссия қурамы.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 21.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».