Жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева алып бармақта.

Жалпы мәжилистеги мәселелердиң додаланыўын Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.

Сенаттың 12-жалпы мәжилисинде "Балаларды зорлықтан қорғаў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаўдың институционаллық-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, бүгинги күнде балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўды және де күшейтиў, оларды жынысый зорлықтан қорғаў, жынаят процесинде гүўа сыпатында тартыўдың анық механизмлерин жаратыў зәрүрлиги бар.

Бул нызамда балаларға байланыслы әдепсиз ҳәрекетлерди Интернеттен пайдаланған ҳалда әмелге асырғаны ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Сондай-ақ, Жынаят-процессуал кодексине жас өспирим гүўа ямаса жәбирлениўшини бир күн даўамында сораў етиўдиң улыўма даўамлылығы ҳәм олардың нызамлы ўәкиллериниң сораў процесинде қатнасыў тәртибин белгилеўши өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызам жынаятлардың алдын алыўға, жүз берген жынаятлар ушын жазаның сөзсиз екенлигин тәмийинлеўге, балалардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.