Режеге бола, ҳәр жылы 1-октябрьге шекем билимлендириў шөлкеми "Бирден-бир миллий мийнет системасы" АПЖ (Бағдарлама) ға киргизилген кәрханаға питкериўшилердиң әмелиятын өтеў бойынша шәртнама дүзиў ушын платформа арқалы сораў жибереди.

Тәлим шөлкеми ҳәм кәрхана арасында әмелият шөлкемлестириў ҳаққындағы шәртнама әмелият басланыўынан кеминде 3 ҳәпте алдын платформа арқалы рәсмийлестириледи.

Билимлендириў шөлкеми ҳәр жылы жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестация жуўмағы тийкарында питкериўшилер ҳаққындағы мағлыўматларды платформаға киргизеди.

Кәрхана ҳәр айдың 25-сәнесине шекем зәрүр кадрлар, соның ишинде, бос лаўазымлар ҳаққындағы мағлыўматларды Бағдарламаға киргизеди.

Жумысқа қабыл етилген, мийнет шәртнамасы Бағдарламада дизимнен өткерилген питкериўшилер платформаға автомат түрде жумысқа жайласқан деп белгиленеди.