Пәрманның 3-қосымшасына киргизилген өзгерислерге бола, БМШтың ўақытша илажлар көриў ҳаққындағы мүрәжатларын көрип шығыў тәртиби белгиленди.
Оған муўапық, БМШтың шәртнамалық комитетлери тәрепинен жиберилген ўақтынша илажлар ҳаққындағы мүрәжат Сыртқы ислер министрлиги арқалы келип түскеннен соң 1 күн ишинде Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы ҳәм Әдиллик министрлигине жибериледи.
Орай 1 күн мүддетте жуўапкер мәмлекетлик уйымларға ўақтыншалық илажларды әмелге асырыў бойынша оператив илажлар көриў ҳәм зәрүр жағдайларда тийкарланған түсиник бериў бойынша сораў жибереди.
Мәмлекетлик уйымлар әмелге асырылған ямаса әмелге асырылыўы режелестирилип атырған илажлар ҳаққында 3 күн мүддетте Орайға түсиник береди.
Орай жумысшы топар менен биргеликте топланған мағлыўматлар тийкарында 3 күн мүддетте Ҳүкиметтиң рәсмий позициясын қәлиплестиреди ҳәм Сыртқы ислер министрлигине жибереди.
Ҳүкиметтиң рәсмий позициясы Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен 2 күн ишинде БМШтың шәртнамалық комитетлерине жибериледи.