Усы тийкарғы талаплар атом электр станциясының жойбарластырылып атырған, қурылып атырған ҳәм эксплуатацияланып атырған блогының қәўипсизлигин итималлық жақтан таллаўға қойылатуғын қағыйдаларды белгилейди.

Қәўипсизликтиң итималлық анализи төмендеги мақсетлерде өткериледи:

атом электр станциясы блогы қәўипсизлигиниң итималлық көрсеткишлерин есаплаў;

аўыр авариялар ҳәм ири авариялық шығындылардың итималлылығын техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлерде белгиленген нормативлик шеклер менен салыстырыў;

атом электр станциясы блогының қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда тийкарғы бағдарларды белгилеў;

атом электр станциясы блогының системаларын (элементлерин) модернизациялаў илажларының атом электр станциясы блогының қәўипсизлигине тәсирин баҳалаў.

Қәўипсизликтиң итималлық анализи нәтийжелеринен төмендегилер ушын пайдаланыў мүмкин:

атом электр станциясы блогы системаларының исенимлилигин баҳалаў;

қадағалаў ҳәм тексериў жумысын режелестириў ҳәм баҳалаў;

жойбарлаў аварияларының дәслепки ўақыяларының дизимин тийкарлаў;

жойбардан тысқары авариялар дизимин тийкарлаў.

Қәўипсизликтиң итималлық анализин өткериў ушын атом электр станциясынан пайдаланыўшы шөлкем жуўапкер болады.