2025-жыл декабрьден "Аймақлардың инвестициялық тартымлылық рейтинги" электрон платформасы арқалы мәмлекеттиң ишки инвестициялық орталығын баҳалаў енгизиледи.

Ҳүжжет пенен Аймақлардың инвестициялық тартымлылық рейтингин баҳалаў регламенти тастыйықланды. Оған мыналар киреди:

рейтинг баҳалаў бағдарлары, факторлар ҳәм көрсеткишлер;

оператор ҳәм баҳалаў қатнасыўшыларының миннетлемелери;

мағлыўматларды электрон платформаға киргизиў тәртиби;

рейтинг көрсеткишлериниң характеристикалары ҳәм оларды баҳалаў өлшемлери;

Баҳалаў нәтийжелерин усыныў ҳәм олардан пайдаланыў.

Рейтингти электрон платформа арқалы баҳалаў тәжирийбе тәризинде 2025-жылдың жуўмақлары бойынша ҳәм 2026-жылдан баслап регламентке муўапық белгиленген мүддетлерде әмелге асырылады.

Баҳалаў процесинде, соның ишинде, статистикалық мағлыўматларды аймақтың (район/қала) инвестициялық потенциалын есаплаў электрон платформасына киргизиў, район (қала) исбилерменлери арасында сораўлар өткериў ҳәм басқарыў нәтийжелилигин баҳалаў рейтинг балларын есаплаў нәзерде тутылмақта.

Инвестициялық потенциал - регион (район/қала) ның мийнет, тәбийғый, жер, финанслық, технологиялық ҳәм инновациялық ресурслары, сондай-ақ, инфраструктура ҳәм бәсекиге шыдамлылығы бойынша раўажланыў дәрежесин сәўлелендириўши көрсеткишлер жыйнағынан ибарат рейтинг баҳалаў бағдары.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 18.09.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».