2026-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик басқарыўды санлы трансформациялаў ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған "Бюрократияны сапластырыў - 2030" бағдарламасы басланады. Оның тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:
- мәмлекетлик хызметлерден тез ҳәм қолайлы пайдаланыў арқалы пуқаралардың турмыс сапасын арттырыў;
исбилерменликти хошаметлеў, сырт ел инвестициялары ушын тартымлылықты арттырыў;
санлы мәмлекетлик басқарыў тараўында мәмлекетимиздиң унамлы имиджин қәлиплестириў;
зәрүр болмаған тәртип-қағыйдаларды сапластырыў ҳәм процесслердиң ашық-айдынлығын арттырыў арқалы қәўип-қәтерлерди азайтыў.
Бағдарламаның әмелге асырылыўын муўапықластырыў ушын Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги жанында жойбарлаў офиси шөлкемлестириледи, оның тийкарғы ўазыйпалары:
Бағдарламаны табыслы әмелге асырыў мәселелери бойынша сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўди жолға қойыў;
Бағдарлама шеңберинде әмелге асырылатуғын илажлардың "Жол картасы"н ислеп шығыў ҳәм Президент жанындағы Стратегиялық режелестириў ҳәм раўажландырыў бойынша муўапықластырыўшы кеңеске тастыйықлаў ушын усыныў;
министрликлер ҳәм уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен мәмлекетлик басқарыўда бюрократизмди сапластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин ҳәр жылдың жуўмағы бойынша баҳалаў, мәмлекетлик шөлкемлерди хошаметлеў ушын мәлимлемени жәриялаў ҳәм Президентке усыныў.
Бюрократияны сапластырыў бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳәм көрип шығыў, әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелилигин баҳалаў Агентликтиң «Zero Bureaucracy» санлы платформасы арқалы әмелге асырылады.
Ҳәр жылы "Бюрократияны сапластырыў" миллий сыйлығы ушын таңлаў өткериледи.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 28.11.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».