Ушырасыўда энергетика, таў-кән санааты, транспорт, мәлимлеме технологиялары, машина қурылысы ҳәм басқа да тармақларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша нәтийжели сөйлесиў болып өтти.
Қатнасыўшылар Өзбекстан ҳәм Финляндия арасындағы, әсиресе, В2В форматындағы экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң үлкен потенциалы бар екенлигин атап өтти.
Тәреплер бүгинги пикир алысыў жаңа биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм еки мәмлекет арасындағы экономикалық байланысларды буннан былай да беккемлеўге тийкар болатуғынына исеним билдирди.