Фестивалда Өзбекстанның түрли аймақларынан 20 дан аслам белгили аспазлар қатнасты. Онда 50 ден аслам миллий, Европа ҳәм Азия тағамлары усыныс етилди. Барлық аспазлық шығармалары Өзбекстан Аспазлар аўқамының экспертлери тәрепинен баҳаланып, ең жақсылары ҳәр қыйлы номинациялар бойынша сыйлықланды.

Байрам кейпиятын миллий аяқ ойынлар ҳәм музыкалы атқарыўлар да толықтырып, мийманларда жарқын ҳәм есте қаларлық тәсир қалдырды.

Шөлкемлестириўшилердиң атап өтиўинше, бундай илажлардың өткерилиўи гастрономиялық туризмди раўажландырыўға, Өзбекстанның халықаралық имиджин беккемлеўге, халықтың әййемги миймандослық дәстүрлери менен үрп-әдетлерин сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға хызмет етеди.