КХДР Япон (Шығыс) теңизи тәрепке белгисиз снаряд атқан. Бул ҳаққында Қубла Корея әскерий хызметкерлерине сүйенип, Yonhup хабар бермекте.
Қубла Кореяның Бирлескен штаб баслықлары комитети (БШШБК) қосымша мағлыўматлар бермеген ҳалда ушыўды жазып алғанын мәлим етти.
Бирақ, Японияның Жағалық қорғаў хызметкерлери бул снаряд баллистикалық ракета болып, "әллеқашан қулағаны" айтылды. Биринши хабардан бир неше минут өткеннен соң, департамент Арқа Корея тәрепинен ушырылыўы мүмкин болған баллистикалық ракета ҳаққында екинши хабарды жиберди, деп жазбақта lenta.ru.
6-январь күни Арқа Корея Япон теңизи тәрепке баллистикалық ракета ушырды. Корея Орайлық телеграф агентлигиниң хабар бериўинше, гипердаўыслы баллистикалық ракета сес тезлигинен 12 есеге жоқары болған.