Миллеттиң яды, мақтанышы, ҳүжданы бар, олардың пидайылығы бийкар кетпейди, әўладлар тәрепинен ҳәмийше қәдирленеди.
Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында өтетуғын Репрессия қурбанларын еслеў күнинде мине усындай терең мазмун жәмленген.
Усы сәне мүнәсибети менен 29-август күни Шейитлер естелиги қыябанына мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, нураныйлар, зыялылар жыйналды.
Мәресимде Президент Шавкат Мирзиёев қатнасты.
Ўатан пидайыларына бағышлап атына Қуран оқылды. Елге ас тартылды.
Бағдағы рәмзий қәбир жанында да Қуран оқылды. Бул жерде улама ҳәм зыялылар менен тарийхты үйрениў ҳәм жасларға үйретиў, ғәрезсизлик ҳәм тынышлықты қәдирлеў ҳаққында сөйлесиў болды.
- Ҳәр жылы Ғәрезсизлик байрамы алдынан Ўатан азатлығы жолында жанын пидә еткен ата-бабаларымыздың ҳақына дуўа қыламыз. Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын гүрескен қаҳарман ата-бабаларымыздың мәртлиги биз ушын ҳәмийше ибрат мектеби болып қалады, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Ҳәммемизге белгили, сол аянышлы жылларда 100 мыңнан аслам бийгүна ўатанласымыз репрессияға ушыраған. Мыңлаған ўатанласларымыз "халық душпаны" деген наҳақ айыплаў менен атып тасланған, оннан да көбиси сүргин етилген. Олардың изинен мыңлаған ҳаяллар жесир, балалар жетим болып қалған. Арадан дерлик бир әсир өткен болса да, сол қорқынышлы дәўирди терең қайғы менен еслеймиз.
Булар бүгинги еркин турмысымызды және де қәдирлеўге, ғәрезсизликти беккемлеўге ийтермелейтуғыны атап өтилди.
- Ўатанымыз пидайыларын улығлаў, естелигин мәңгилестириў бойынша көп жумыслар ислеп атырмыз, - деди Шавкат Мирзиёев. - Кейинги сегиз жылда 1 мың 200 ден аслам жапакеш ата-бабаларымыздың аты ақланды. "Репрессия қурбанлары естелиги" музейи реконструкцияланып, мыңлаған жаңа ҳүжжетлер менен толықтырылды. Аймақларда да усындай музейлер шөлкемлестирилди. Быйыл жадидшилик ҳәрекетиниң жетекшиси Маҳмудхўжа Беҳбудий туўылған күниниң 150 жыллығын белгилеп атырмыз. Бухара қаласында Жадидлер мийрасы мәмлекетлик музейи шөлкемлестирилмекте.
Енди булардың мазмунын, "тири" тарийхымызды халқымызға кеңирек жеткериў керек.
Мине, өткен жылдан баслап, ҳәр жылы октябрьдиң биринши ҳәптесин Сиясий репрессия қурбанларын еслеў ҳәптелиги сыпатында белгиледик. Быйыл бул илаж Еслеў ҳәм тәрбия ҳәптелиги сыпатында өткериледи. Хош, бул ҳәптеликте халқымызға нелерди жеткеремиз, жасларымызға нелерди үйретемиз? Тарийхшы илимпазлар, жазыўшы-шайырлар менен бирге буны тереңирек ойлап, халықшыл, ғалабалық етип жолға қойыў керек. Мектеп ҳәм университетлерде қосымша сабақлар, телеканалларда арнаўлы көрсетиўлер бериў, жаслар арасында таңлаўлар өткериў мүмкин. Ғәрезсизлик қандай уллы жемис екенин, қандай күшли ата-бабаларымыз бар екенин елдиң қан-қанына сиңдириў керек. Егер жасларымыз руўхый жақтан күшли болса, өз алдына үлкен мақсетлер қояды, пәнлерди де жақсы үйренеди, жетик шахслар болып жетилиседи.
Бул бағдарда миллет ағартыўшыларының турмысын үйрениў оғада әҳмийетли екени атап өтилди.
- Жадид бабаларымыз ҳәр тараўда алдынғы еди. Биринши өзбек романы, театр ҳәм кино шығармалары, ҳәр қыйлы пәнлер бойынша сабақлықларды әйне олар жаратқан. Өткен әсирдиң 20-жылларында Германияда билим алған түркстанлы студентлер репрессияға ушырамағанда, пүткил жәмийетти өзгерткен болар еди. Бар тарийхымызды дурыс жеткере алсақ, жасларымыз басқа қаҳарман излемейди, жетик бабаларымыз буның ушын таяр үлги, -деди Президент.
Бундай руўхый тийкар улыўма миллий бирлик ҳәм турақлылық ушын да зәрүр. Бүгин дүньядағы жағдай қәўетерли болып бармақта. Мәмлекетлердиң ғәрезсизлигине қәўиплер пайда болмақта. Булардың барлығы бизден бәрқулла сергек ҳәм аўызбиршиликли болыўды, реформаларды избе-из даўам еттириўди талап етеди.
Жаратқанға шүкир, елимиз тыныш, адамлар ертеңги күнге исеним менен жасамақта. Бул - ең үлкен байлығымыз.
Уламалар елимиздеги усы тынышлық-парахатшылық, пайыз-берекет турақлы болыўын тилеп пәтия етти.