Илаж Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты ҳәм Исламабад регионаллық изертлеўлер институты тәрепинен шөлкемлестирилмекте. Конференцияда еки мәмлекеттиң мәмлекетлик уйымлары, жетекши таллаў орайлары, илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелериниң ўәкиллери қатнасады.

Қатнасыўшылар сиясий сөйлесиўди беккемлеў, экономикалық байланыслар ҳәм санаат кооперациясын кеңейтиў, транспорт ҳәм логистика инфраструктурасын раўажландырыў, инсан капиталы тараўындағы басламаларға итибар қаратқан ҳалда Өзбекстан - Пакистан бирге ислесиўиниң перспективаларын додалайды.

Еки тәреплеме шерикликке жаңа пәт бағышлайтуғын ҳәм мәмлекетлердиң биргеликтеги раўажланыў потенциалын жүзеге шығара алатуғын әмелий усынысларды ислеп шығыўға айрықша итибар қаратылады. Усыныслар болажақ жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерге таярлық көриў ҳәм олардың мазмунына салмақлы үлес қосыўы күтилмекте.