баннер
27 Mar 2025
10:18

    Вьетнам менен еки тәреплеме бирге ислесиў мәселелери додаланды

    2025-жыл 24-мартта Олий Мажлис Сенатында Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары О.Маматкаримов Вьетнам Социалистлик Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Дан Мин Кхой менен ушырасты.

    Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Вьетнам арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары, соның ишинде, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм тараўларындағы байланыслар додаланды.

    Атап өтилгениндей, 2024-жылы еки мәмлекет арасындағы товар алмасыўдың көлеми 189,3 миллион долларды қураған, соннан экспорт 17,7 миллион доллар, импорт болса 175,6 миллион долларды қураған.

    Сондай-ақ, ушырасыўда туризм тараўындағы үлкен потенциалға итибар қаратылды. Мәмлекетлер пуқаралары арасында өз-ара туристлик сапарларды кеңейтиў мәселеси додаланды.

    Сөйлесиў даўамында усы жыл 5-9-апрель күнлери Ташкент қаласында Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы өткерилетуғыны ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап өтилгениндей, бул абырайлы илаж тарийхта биринши мәрте Өзбекстанда өткерилмекте ҳәм онда Парламентлераралық аўқамның 190 ға шамалас ағза мәмлекетлеринен 2 000 ға шамалас парламент ағзалары қатнасады.

    Елши Вьетнам Миллий Мәжилиси Баслығы Чан Тхан Ман басшылығындағы 120 ға шамалас делегация ағзалары да бул Ассамблеяда қатнасатуғынын мәлим етти.

    Ушырасыў жуўмағында Парламентлераралық аўқам әнжуманына таярлық жумыслары, шөлкемлестириў мәселелери ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша пикир алысылды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech