Россияда халықаралық жүк тасыўшы өзбекстанлы айдаўшыларға миграция талаплары еслетилди

    20 қазан 2025 395

    2025-жыл жағдайына бола, Россияда халықаралық автотранспортта жүк тасыўдың дерлик 25 проценти өзбекстанлы айдаўшылар тәрепинен әмелге асырылады. Бирақ миграция талапларына әмел етпеў көплеген пуқаралардың РФ ишки ислер уйымлары тәрепинен қәлиплестирилетуғын кириў қадаған етилген шахслар дизимине кириўине алып келмекте.

    Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги ҳәр бир жүк транспорты айдаўшысы төмендеги қағыйдаларға қатаң әмел етиўи шәрт екенлигин ескертеди:

    Шегарадан өтиўде миграция картасы анық ҳәм қәтесиз толтырылыўы керек ("сапар мақсети" бағанасында "туризм" көрсетилиўи мүмкин емес, "хызмет" ямаса "транзит" таңланыўы керек).

    Кириўден соң 15 жумыс күни даўамында миграция есабынан өтиў зәрүр - бул әдетте қабыл етиўши шөлкем ямаса жумыс бериўшиниң миннетлемеси болып есапланады.

    90/365 қағыйдасына әмел етилиўин бақлаў (365 күнлик дәўир даўамында РФда 90 суткадан артық болмаў).

    Транспорт қуралы бузылған ямаса басқа да форс-мажор жағдайларда жағдайды тастыйықлаўшы рәсмий акт ямаса мағлыўматнама алыныўы керек.

    Ҳәр қандай ҳәрекетлер рәсмий ҳүжжетлер менен тастыйықланыўы керек.

    Қайта қағыйда бузыўлар Россия Федерациясына кириўди 3 жылдан 10 жылға шекем қадаған етиўге себеп болыўы мүмкин.

    Егер қәтеликке жол қойылса:

    Россия Федерациясы ишки ислер органларына (Россия ИИМ ИИБ) жазба арза менен тезлик пенен мүрәжәәт етиў;

    сапардың ҳақыйқый мақсетин ҳүжжет пенен тастыйықлаў;

    "сапарға шықпайтуғын" шахслар дизимине киргизилгенде - дизимнен шығарып таслаў талабы менен апелляция бериў.

    "Машқалалы жағдайларда Өзбекстан Республикасы Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң Россия Федерациясындағы ўәкилханасына мүрәжат етиў мүмкин. Телефон: +7 925 045 4744. Мәнзил: Москва қаласы, 1-Казачий көшеси, 11/2 көшеси", делинеди агентлик хабарында.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates