Соңғы сексен жыллықтағы бундай өсиў жәҳән урыслары көлеминиң кемейиўи, социаллық раўажланыў ҳәм тийкарынан медицина жетискенликлери менен байланыслы.

Мәселен, бүгинги күнде дүня бойынша 80 проценттен аслам балалар қызылша, көк жөтел, дифтерия, пневмония сыяқлы қәўипли кеселликлерге қарсы шаншылмақта.

Салыстырыў ушын: алдын бул көрсеткиш тек ғана 5 процентти қураған, бул болса денсаўлықты сақлаўдың жедел раўажланып атырғанын көрсетеди.

Сондай-ақ, соңғы 25 жылда АИВ/СПИД, безгек ҳәм туберкулёздан қайтыс болғанлар саны сезилерли дәрежеде азайды. Аналар ҳәм балалар өлими азайған.

ЖДСШ басшысы глобал қәўип-қәтерлер ҳаққында да ескертти. Оның атап өтиўинше, пандемиялар шегараларды тән алмайды ҳәм пүткил дүнья бойлап жүдә тез тарқалыўы мүмкин.

"Буннан тысқары, климат кризиси және бир үлкен машқала. Егер глобал қәўип-қәтерлерге қарсы биргеликте илажлар көрилмесе, жағдай жылдан-жылға төменлейди", - деп атап өтти Тедрос Гебрейесус.

Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мағлыўматларына бола, ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда халықтың орташа өмир сүриў даўамлылығы 75,1 жасты қурайды. "Өзбекстан - 2030" стратегиясына муўапық, бул көрсеткишти 2030-жылға шекем 78 жасқа жеткериў режелестирилген.