Жойбар М41 аймақлық автомобиль жолының реконструкцияланып атырған бөлегинде бизнести раўажландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, мәмлекеттиң транспорт тараўында комплексли реформаларды әмелге асырыўда ҳәкимиятқа жәрдем береди.
Өзбекстан транспорт тараўы жалпы ишки өнимниң дерлик 8 процентин, 1 миллионға шамалас халықтың бәнтлигин тәмийинлейди. Соңғы он жылда тараў өз көрсеткишлерин сезилерли дәрежеде жақсылады. Соның ишинде, мәмлекет Жәҳән банкиниң Логистика нәтийжелилиги индексинде (2014-жыл) товарлардың ҳәрекетлениў тезлиги ҳәм исенимлилиги бойынша 139 мәмлекет арасында 129-орыннан 88-орынға (2023-жыл) көтерилди.
Бирақ, автопарктиң жедел өсиўи жол тармағының раўажланыўынан бир қанша алдында болып, транспорт инфраструктурасына жүклемени жүзеге келтирмекте. Прогнозларға бола, 2030-жылға барып жүк тасыўдың күтилип атырған өсиўин тәмийинлеў ушын жоллардың өткериў қәбилетин дерлик 500 процентке арттырыў талап етиледи.
- Нәтийжели ҳәм қәўипсиз автомобиль ҳәм темир жолларды раўажландырыў халықтың жумыс орынлары ҳәм хызметлерден пайдаланыўы, ишки ҳәм халықаралық саўданы раўажландырыў, сондай-ақ, Өзбекстанның бәсекиге шыдамлылығын беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе, -деди Жәҳән банкиниң Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Нажи Бенхасин. - Жаңа жойбар шеңберинде Өзбекстанның транспорт инфраструктурасы ҳәм хызметлериниң сапасын арттырыў, транспорт тараўын реформалаў бағдарындағы ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаймыз.
Бес жыллық жойбардың тийкарғы компонентлери:
Сурхандәря ўәлаятындағы М41 автомобиль жолы участкасын (91 км) реконструкциялаў.
Еки полосалы жол төрт полосалы болады.
Оннан ҳәр күни 35 мыңға шамалас айдаўшы ҳәм жолаўшы пайдаланады.
Тутас аймақлардағы дерлик 550 мың халық транспорт хызметлери ҳәм экономикалық имканиятлардан пайдаланады.
Жойбар шеңберинде жол қапламасының сапасы жақсыланады, ҳәрекет қәўипсизлиги арттырылады, 180 ге шамалас көпир ҳәм дренаж қурылмалары реконструкцияланады, жаңа автобус бәндиргилер қурылады.
Жолға кететуғын ўақыт қысқарады, елатлы пунктлерден тысқарыда орташа тезлик 65 км/с тан 90 км/с қа шекем артады.
- мультимодаль тасыўларды раўажландырыў миллий стратегиясын ислеп шығыў;
Стратегия транспорт хызметлери ҳәм инфраструктурасын раўажландырыўда мәмлекетлик уйымлардың потенциалын күшейтиў бойынша "жол картасы"на айланады.
Ҳүжжет мағлыўматлар тийкарында қарар қабыл етиў, жолаўшы ҳәм жүк тасыўды жақсылаў, ҳәр қыйлы транспорт түрлериниң жумысын муўапықластырыў имканиятын береди.
Жеткерип бериў шынжырының бузылыўына, ҳаўа-райы қәўип-қәтерлерине шыдамлылық ҳәм тараўдағы шығындыларды қысқартыў илажларын өз ишине алады.
"Өзбекстан темир жоллары" АЖ жумысын жетилистириў;
Корпоратив басқарыў ҳәм финанслық ашық-айдынлықты беккемлеў.
Жолаўшыларды тасыўды режелестириўди жетилистириў ҳәм ESG әмелиятларын енгизиў.
Операциялық нәтийжелиликти арттырыў ҳәм оны буннан былай да раўажландырыў ушын жеке меншик инвестицияларды тартыў.
Жойбардың әмелге асырылыўы транспорт, саўда, туризм ҳәм экономиканың басқа да тармақларында қосымша ҳәм сапалы жумыс орынларын жаратыў, жолаўшы ҳәм транзит тасыўлардың көлемин арттырыў, транспорт тараўының дәраматларын көбейтиў ҳәм Өзбекстанның регионаллық транзит түйини сыпатындағы орнын беккемлеў имканиятын береди.