Бул ҳаққында Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети мәлимлеме хызмети хабар берди.

Атап өтилиўинше, Комитет блогер Р.Кушербаевтың "Самарқанд-Абу-Даби" жөнелиси менен "Wizzair” авиакомпаниясы тәрепинен көрсетилген хызметлерден пайдаланғанда әйне тилге байланыслы машқалаға дус келгени бойынша қалдырған мүрәжатын көрип шыққан.

Атап өтилиўинше, ушыў ўақтында авиакомпанияның экипаж ағзалары тәрепинен шет тилде қәўипсизлик қағыйдалары ҳаққында мағлыўмат берилген. Бул қағыйдаларды өзбек ҳәм рус тиллеринде түсиндирип бериўин сорағанда хызметкер тәрепинен оған қолайсыз мүнәсибетте болған ҳәм қарыйдардан борттан шығып кетиў талап етилген. Пуқара усы рейсте усы тәризде Абу-Дабиге жетип барған.

Комитет тәрепинен Транспорт министрлигине үйрениўлер бойынша сораў хаты жиберилди. Нәтийжеде өзбасымшалық ҳәрекетлерди әмелге асырған бул авиакомпания хызметкерлерине шара көрилди.

Жол қойылған нызам бузыўшылықта жүзеге келген кемшилик ҳәм қәтелерди сапластырыў мақсетинде экипаж ағзаларына пәрўазлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, мүнәсибет мәденияты, ҳәр бир мәмлекеттиң пәрўазға байланыслы нызамлары ҳәм тәртип-қағыйдалары және авиажолаўшыларды ҳүрмет етиў бойынша тренинг курслары жолға қойылды.