Бул ҳаққында The Wall Street Journal дереклерине сүйенип хабар берди.
Олардың мағлыўматларына қарағанда, ўақыядан сәл алдын Кувейт ҳаўа көлемине Иранның бир неше дронлары бастырып кирген. Кувейт әскерий хызметкерлери аспанда бир неше қырыўшы самолётларды көргенде, оларды душпан деп алжасты.
2-март күни АҚШ Қураллы Күшлери Орайлық сәркардалығы Кувейт ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў системалары қәтелик пенен АҚШтың үш қырыўшысын урып түсиргенин мәлим етти. Самолётлар досларша оқ атыў ақыбетинде апатқа ушыраған, экипаждың алты ағзасы катапульта етилген, деп жазбақта tass.ru.