Халықтың газге болған талабы қанаатландырылмақта

    Ҳаўа-райының кескин суўытыўы тутыныўшылардың тәбийғый газге болған талабын арттырады. Республикамыздағы тәбийғый газдиң жетип барыўы қыйын болған хожалықларды суйылттырылған газ баллонлары менен тәмийинлеў мақсетинде, “Худудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалы Нөкис районлық газ тәмийнаты бөлими тәрепинен бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

    -Ҳәзирги ўақытта Нөкис районындағы Бақаншақлы, Қырантаў, Арбашы, Кердер, Тақырқөл ҳәм Ақтерек аўыл пуқаралар жыйынларындағы жәми 1320 хожалық суйылттырылған газ бенен үзликсиз тәмийинленип киятыр,-дейди Нөкис районлық газ тәмийнаты бөлими мәҳәлле тутыныўшыларына суйылттырылған газ жеткерип бериў хызмети баслығы Кутекеев Турсынбай.-Тутыныўшыларымыз толығы менен ID карталар менен тәмийинленген ҳәм E-gaz бағдарламасы тийкарында суйылттырылған газ ушын төлемлерди әмелге асырады. Райондағы суйылттырылған газ тутыныўшылары пайдаланыўында жәми 2471 дана айланба газ баллонлары менен тәмийинленген. Быйылғы жылдың усы күнине шекем хожалықларға 40 тонна суйылтырылған газ баллонлары арнаўлы автотранспортларда жеткерип берилди ҳәм бул жумыслар аймақларда район ҳәкимлиги менен келисилген кесте тийкарында даўам етпекте.

    “Худудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалынан алынған мағлыўматларға қарағанда, республикамыздағы тәбийғый газдиң жетип барыўы қыйын болған хожалықларды суйылттырылған газ баллонлары менен тәмийинлеў жумыслары аймақларда белгиленген кесте тийкарында даўам етпекте.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.