Илажда Қытай министрликлери ҳәм уйымлары, жәмийетлик-сиясий, илимий-академиялық, эксперт ҳәм исбилермен топарлары, жетекши ғалаба хабар қураллары және сырт ел дипломатиялық корпусының басшылары қатнасты.

Қытайдың абырайлы “Жэньминь” баспасында басып шығарылған бул китап 8 баптан ибарат болып, "Өзбекстан кең көлемли реформалар процесинде," "Өзбекстан ҳәм БМШ", "Өзбекстан ҳәм ШБШ", "Орайлық Азия – Өзбекстан сыртқы сиясатының тийкарғы бағдары" ҳәм басқа да темаларды қамтып алған.

Китапта Өзбекстан Президентиниң Жаңа Өзбекстанды қурыў шеңберинде мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, ишки ҳәм сыртқы сиясат мәселелерине бағышланған шығып сөйлеген сөзлери ҳәм баянатлары, сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының сырт ел ғалаба хабар қуралларында жәрияланған интервью ҳәм мақалалары өз көринисин тапқан.

Презентация даўамында китап Өзбекстан Президенти басшылығында мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли тарийхый реформалар, Жаңа Өзбекстанның миллий раўажланыўы, ишки ҳәм сыртқы сиясаттың тийкарғы бағдарлары ҳаққында Қытай ҳәм халықаралық жәмийетшиликти кеңнен хабардар етиўде әҳмийетли дәрек болып хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.

Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық комитети Халықаралық байланыслар бөлиминиң баслығы Лю Хайсин Қытайда Президент Шавкат Мирзиёевтиң китабының басып шығарылыўын ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик орнатылғанының он жыллығы белгиленип атырған жылдағы әҳмийетли ўақыя сыпатында баҳалады.

Лю Хайсиннин пикиринше, 2027-жыл 2-январьда белгиленетуғын дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 35 жыллығы алдында Пекин Өзбекстанның ғәрезсиз раўажланыў ҳәм кең көлемли модернизация жолын буннан былай да қоллап-қуўатлаўға таяр. Қытай тәрепи жаңа мәмлекеттиң қурылысын сиясий исенимди беккемлеў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў ушын имканиятлар ашатуғын әҳмийетли процесс сыпатында көреди.

Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық комитети Үгит-нәсиятлаў бөлими баслығының орынбасары Хон Даён бул китаптың басып шығарылыўын Өзбекстан-Қытай гуманитарлық байланысларының раўажланыўындағы үлкен ўақыя деп атады. Оның атап өтиўинше, жетекшилердиң басшылығында қатнасықлар избе-из түрде және де жоқары дәрежеге көтерилип бармақта, мәдений ҳәм интеллектуаллық сөйлесиў болса бул процесске айрықша тереңлик бағышламақта.

Өзбекстан Президентиниң мәмлекетлик басқарыў тараўындағы идеяларының тереңлиги ҳәм оларды әмелиятқа енгизиў нәтийжелилиги айрықша итибарға ылайық. Китап миллий шараятларды есапқа алған ҳалда таңланған жолдың өзине тән өзгешеликлерин ашып береди ҳәм "Өзбекстан – 2030" стратегиясын әмелге асырыў бағдарындағы исенимли сиясий ерк-ықрарды сәўлелендиреди. Қытайлы экспертлер, жәмийечилик топарларының ўәкиллери ҳәм кең китапқумарлар топары ушын бул китап Өзбекстанның заманагөй раўажланыўы ҳаққында баҳалы билим дәреги есапланады.

"Қытайда Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң китабы басып шығарылғанынан оғада қуўанышлымыз. Онда Жаңа Өзбекстандағы реформалардың стратегиялық мазмуны, мәмлекеттиң заманагөй раўажланыўы, ишки өзгерислер ҳәм сыртқы сиясат мақсетлери ашып берилген. Қытай аудиториясы ушын бул басылым Өзбекстанды модернизациялаў процесин терең үйрениўде үлкен әмелий әҳмийетке ийе", – дейди Қытай заманагөй халықаралық қатнасықлар академиясының президенти Фу Сяоцян.

ШБШ Бас хаткериниң орынбасары Пяо Янфанның атап өтиўинше, мәмлекет басшысының китабы Жаңа Өзбекстанның келбетин қәлиплестирип атырған кең көлемли өзгерислердиң мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин толық ҳәм ҳәр тәреплеме түсиниў ушын әҳмийетли дәрек болып есапланады.

Ол Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанның нызам үстинлигин беккемлеў, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бағдарында ерискен тарийхый жетискенликлерин жоқары баҳалады.

Сондай-ақ, Пяо Янфан реформалардың избе-излиги мәмлекеттиң халықаралық абырайы ҳәм экономикалық тартымлылығының артыўына хызмет етип атырғаны, оның табыслары дүнья жәмийечилигиниң итибарын тартып атырғанын атап өтти.

Оның пикиринше, китап Қытай ҳәм "ШБШ шаңарағы"ның басқа да мәмлекетлеринде кеңнен жаңғырық береди, Өзбекстандағы өзгерислерди түсиниўди кеңейтеди ҳәм бирге ислесиўге қосымша пәт бағышлайды. Онда билдирилген көзқараслар ШБШ шеңбериндеги бирге ислесиўдиң тийкарын қурайтуғын өз-ара исеним, тең ҳуқықлылық, мәдений ҳәр түрлиликти ҳүрмет етиў ҳәм биргеликте раўажланыў принциплерине үнлес болып есапланады.

Қытай социаллық илимлер академиясының Россия, Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия институты директорының орынбасары Пан Дапанниң атап өтиўинше, Президент Шавкат Мирзиёевтиң китабы Жаңа Өзбекстанды қурыўдың тийкарғы басқышларын избе-из сәўлелендиреди ҳәм ишки ҳәм сыртқы стратегияны үйлесимли көрип шығыў имканиятын береди. Онда мәмлекеттеги кең көлемли реформалардың мазмун-мәниси, Жаңа Өзбекстанның заманагөй миллий раўажланыўының тийкарғы принциплери кеңнен ашып берилген.